СОҢЫНАН
Қарақалпақша
рәў.
Кейнинен, артынан, изинен.
Соңынан Қаражан анасының қасында жүрип жанапайға дуўтар шертеди (Қ.Айымбетов).
Қар жаўды деп қуўанба, аязы болар соңынан (ққ.х.н.).
Несип етти қосық, музыка маған, Консерватория питти соңынан, Турмыс курдым, бир ул, бир қызымыз бар, Күйеўим сәзенде, әжайып адам... (И.Юсупов).