СОҚҚЫ
Қарақалпақша
ат. Дөкки, тәмби, қарсылық.
Ол жолдасы қасына ерди, Қылышты қынапта көрди, Келген жаўға соққы берди, Булдағы қарыўлы екен (Бердақ).
— Адам баласы өсип-өрбиў ушын жаратылған, — деп Есим бий оған соққы бере сөйлеп еди, Қоңырат урыўының нәментай бийлери менен байлары шыдамады (Т.Қайыпбергенов).
Жигит жасаўыл урған қамшының зарпынан денеси қараталдың нартындай ийилсе де хәр бир соққыны қабақ шытпай қарсы алды (К.Кәримов).