СОҚЫР
Қарақалпақша
кел. 1. Көзи көрмейтуғын, көрмейтуғын, көзсиз.
Гереңниң астына, соқырдың қолына түспе (ққ.х.н.).
Соқырдың соңына бақ, ақ сақтың ақырына бақ (ққ.х.н.).
Болсадағы көзи соқыр, етседағы мурны пыр-пыр, Тойда көрсең алдында отыр (Күнхожа).
Саясын салған пақырға, Суўлар жеткизген тақырға, Ақсақ, майып ҳәм соқырға, Қайыр еткен маған керек (Бердақ).
Сөйтип, бул қызды хан қатаң унатты, Ышқы мылтықшысы жыланды атты, Бирден ашылғандай соқырдың көзи, Хан сезди өзинде жаслық қуўатты (И.Юсупов).
2. аўыс. Надан, аңсыз, қолынан ис келмейтуғын, түсинбейтуғын.
Қосық кө