⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОҚПАҚ

Қарақалпақша

ат. Кишкене тар жол, аяқ жол. Соқпақ жол менен үш жигит адымлап жүрип киятыр (К.Султанов). Суў жыландай жиңишке соқпақ ийреңлеп, Төбесине зорға шықтым гийреңлеп, Таў басында тастан ойған көп жайлар — Үйирейер «кел, сырымды үйрен» деп (И.Юсупов). Бийдиң кеўилли кейпи оны қуўандырғаны соншелли, жасының биразға барып қалғанына қарамай, аўылына қарай айрылған соқпақ пенен қараңғыны қақ жарып, баладай жуўырып кетти... (Т.Қайыпбергенов). Ол усыларды айтты да, қойымышлық арасындағы тар соқпақ пенен Атаға қарай кетти (М.Нызанов).