⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОСИСКА

Қарақалпақша

ат. Туўралып писирилген гөш ямаса оның орнын басыўшы колбаса өними болып, әпиўайы колбасадан айырмашылығы, әдетте суўға писирип ямаса куўырылғаннан кейин пайдаланылады. Лаўабы кеседе пуўы бурқырап турған манна каша, қасындағы тарелкада куўырылған бир мәйек пенен еки сосиска, кишкене, алақандай бир тарелкада иримшик, және бир тарелкада жигирма ғрамм шамасы сары май ҳәм төрт бөлек нан (М.Нызанов).