⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОРПА

Қарақалпақша

ат. Гөштиң қайнатылған суўы, суйық аўқат. Арзанның сорпасы татымас (ққ х.н.). Кеше таза сорпа ишсин деп, бир сазан әкелдим (К.Султанов). Жорам улын ертип кирди қораға, Бирақ та, қой сойдырмадым жорама, Таўық сорпа, аз-кем арақ суўықта, Пай, кетеди-аў гүрриң қызған арада! (И.Юсупов). Гүртик салыўға көп қәрежет болмаса да, қазанға салынған бир қысым жүўери уны сорпаны пал татытып жиберипти (Т.Қайыпбергенов). Қонақ шайды кесаға сорпа қуйғандай толтырып қуйды (М.Нызанов). ҚАН СОРПА БОЛЫЎ с. Урысыў, айтысыў, қызыў, терлеў. Ҳәр кимнен қалған куўырдактын гил калғынды шөбирелерине таласып, қан сорпа болады (К.Султанов).