⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОРАСЫЎ

Қарақалпақша

ф. Бир-бири менен мағлыўмат алмасыў, жағдайларын билисиў. Есиктен кирген еки хаял менен олар аман-түўеллик сорасып болғаннан соң, орынлық усынды (К.Султанов). Бир-биреўден ҳал-аҳўал сорасып, Ғаўқылдастық Х.ӘЗИЛИМИЗ жарасып, Тәп қашырдық еслеп өткен-кеткенди, Сағынысқан кеўиллерге мүнәсип (И.Юсупов). Жас бийде қызбадық жоқ еди, сол ушын ол да бирден гәп басламады, ҳал-жағдай сорасып, қәдимгисинше сөйлесип отыра берди (Т.Қайыпбергенов). — А-ал, Сейтек жора, бул не аўхал? — дедим хал-аўҳал сорасып, бир-бир шәйнек шай ишип алғаннан кейин (М.Нызанов).