СОРАСТЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. Сорап излеў, сорап билиў, излестириў.
Дәрриў вагондағы пассажирлерден сорастырдым (А.Бекимбетов).
Бирэўлерге сорастырып еди, хеш дәрек шықпады (К.Султанов).
Жарма ишип ҳәлленип алған Өскинбай сорастырып жүрип, Асқар байдың адам бойы атпа дийўал менен қоршалған хәўлисин таўып алды (К.Кәримов).
Биз қыздың ата-тегин, кәспи-кәрин сорастырып болып келип отырмыз (М.Нызанов).