⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОНЫ

Қарақалпақша

алм. Оны, сол нөрсени. — Айтқаныңыз рас, Зәриў, соны ислейик биз дәрриў, Бундай халларда күн көриў, Бизге мүшкил — деген екен (Бердақ). Өтирик сөзди сөйлеп келер, Мен соны ҳәргиз сүймеймен (Әтеш). «Ержан соны излеп жүр» дейди (К.Султанов). Мейли, буйырғанын асасын ҳәр ким, Өмир сараң емес, лекин — есапдан, Өмир дийқанға да усайды бәлким, Нақыл бар «не ексең, соны орарсаң» (И.Юсупов). Ешнияз ахун не буйырса, соны ислеп жүреди (Т.Қайыпбергенов). — Ең жаманы — хәким не ислесе, төмендегилер де соны тәкирарлап отыра береди дейди (М.Нызанов). СОНЫКИ алм. Сол заттың, сол буйымның, сол адамның. Адам болса, жат санайды оны ким? Халқымыз бир хожалықтай жасаған, Бизикине ким келсе, — үй соныки, Қайда барсам, — өз үйим өз босағам (И.Юсупов). Қәне ҳәмменин кеўли соныкиндей болса... (Т.ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ).