⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОЗЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. Денениң, ўақыяның тийкарғы жағдайынан өзгерип узайыўы. Ортада созылып жатырған өлиниң үрейи ушын ҳәммеси парасат сақлады, болмаса, бир Есенгелди емес, бәриниң де иши писип, көп көпирип турған жасаўылды қағындырып жиберетуғын халда (Т.Қайыпбергенов). Сирень гүллер арасынан сай қуўып, Созылған жол үстинде журт қымқуўыт. Жаслық жыры «Айна көлден» жаңлайды, Ғарры шахтёр жүр әнекей гүл буўып (И.Юсупов). Оң қолы мүйиз дәстеге созылып (К.Кәримов). — Және қанша жүремиз? — деди алдымда созылып атырған узыннан-узақ гүзар жолға көз тигип (М.Нызанов). Керисинше, және отыз жылға созып, тийисли пулын төлеп кеттим (М.Нызанов). Бул абыржы гейде бес-алты күн болып, гейде айға созылып та кетеди (К.Султанов). Мейли, достым, кеўлин сениң қалмасын, Гүллеринди қошантайлар жулмасын. Бир майданнан сабағыма кетемен, Ойын көпке созылатығыны болмасын (И.Юсупов). Орыс қорғанының қурылысы созылыўына байланыслы Киши жүзге адам күши салынған екен (Т.Қайыпбергенов).