СМЕНА
Қарақалпақша
ат. (р. — алмасыў, басқасының орнына келиў).
1. Орын алмасып ислеўши, оқыўшы, дем алыўшы ҳәм т.б.
адамлар топарының басқа адамлар топары менен алмасыўына шекем даўам ететуғын ўақыт дәўири, гезек.
Егер жаңадан келген адам әскерий майып болса, сменам питсе де қасында отырып қала берермен (Т.Қайыпбергенов).
— Хожейиниңиз кешки сменада ислей ме, көринбейди? — дедим иймениңкиреп (М.Нызанов).
2. Бир ўақытта ислеўши хызметкерлер, оқыўшы, дем алыўшы хәм т.б.
адамлар топары.
Ташкент таңы нурға толар, Азат мийнет таңы булар, Ағар тасқын колонналар, Ташсельмаштың сменасы, Келер батыл қәдем басып (И.Юсупов).