СИЯСИЙ
Қарақалпақша
кел. (а.
— сиясатқа, дипломатияға тийисли).
Сиясатка тийисли, сиясатқа төн, сиясат пенен байланыслы болған.
Агитатор сиясий басшысының алдында тереңге қулашлай түсиўи керек (К.Султанов).
Тарийхта мәлим болғанындай 1809-жылы Жаңадәрья қарақалпақлары — он мың үйли қарақалпақлардың сиясий өмиринде үлкен бурылыслар болған еди (К.Кәримов).
— Сиз сиясий бурмалаўшылықты тоқтатың, — деди маған (М.Нызанов).