СИНДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Суйық затты бир затқа араластырып бириктириў.
Баўырына абылайсаңның селин сиңдирген сақый жер биротала ийип, жанлы жаныўар ушын жасыл гилемин бетине төседи (Т.Қайыпбергенов).
2. Суғыў, батырыў.
3. Өзине альш, сиңириў, өзлестириў.
Сен сол еки сөздиң шынлығы ушын, Бир жарқ етип жанар жылдырым болдың, Өлдиң Дос-Риоста сен оққа ушып, Бар отынды таўға сиңдирип әлдиң (И.Юсупов).
Ҳөнери менен бирге орыслардың турақлылығын, шыдамлылығын, әпиўайылығын бойыңызға сиңдириўге тырысыңызлар! (Т.Қайыпбергенов).