СИЙСЕРИ
Қарақалпақша
ат. Аўырлық өлшем, батпанның төрттен ушине тең болатуғын өлшем.
Сийсери жылытпа ишип, бел-балталарды қолыңа ал (Әжинияз).
Бекназары беглик етти, Сийсериге куши жетти, Қалған жағы қайда кетти? Ақыр түби ялған болды (Бердақ).
Маман бий өз дийдиси менен сийсеридей туқым қалдырып, қаптың аўзын қайтып буўып қушакдаўы менен атының бөклериўине басты (Т.Қайыпбергенов).
Онсери бел менен сийсери кетпен, Жантақ дестелетип, томар геўлеткен, Кегейли, Есимжап, Ханжап, Қызкеткен, Талай қазыўлардың болдың беллары (И.Юсупов).