⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СИГАРЕТА

Қарақалпақша

ат. Жуқа қағазға тығыз етип темеки тығылған, зәҳәрли элементлер тәсирин азайтыў ушын арнаўлы фильтр менен тәмийинленген папирос, шылым. Көп бийпул аўызлар басқылап оны, Еркеклиги тутьш гәрдийиспекте, Бир жигит сигарета услаған қолын, Көтерип телмирип қарар әйнекке (И.Юсупов). Үйдиң ийеси оған сигарета усынды (Ш.Сейтов). Ол сумкадан сыртында англичанша жазыўы бар сигарет хәм зажигалка алды (М.Нызанов).