СЕСПЕЙҚАТЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тосаттан өлиў, муққабыў, бирден өлиў.
Өлгейсизлер сеспей қатып, Үш-төрт тойдың қарап жатып, Өзиң жыйнап, айдап, атып, Сүзип қаплап бердиң бизге (Бердақ).
Жолаўшының сеси шықпастан сеспей қатыпты (Н.Доўқараев).
Шайтаннан бурын тур, деп ерте оятқан жазығым ба, өнеси екен, турмасаң сеспей қат (К.Султанов).
2. аўыс. Қатты жығылыў есин билмей қалыў.
Есик-төрли жерден найза силтесе, дәл тийгизеди, адамды сеспей қатырады (Т.Қайыпбергенов).