⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕС

Қарақалпақша

ат. Даўыс, дыбыс. Ерте бәҳәрдеги күшли самал менен гүўлеп сес берип тур (С.Хожаниязов). Сына бойын таслап өликсе болып жатты... Самал менен шайқалған қамыслардың сылдырлысы, дәрьядағы өркеш толқынлардың гүрилдиси, даўылдын ысқырған сести Қәдирди услаў ушын басып киятырған жаўдын әбеш ий дүсирлисиндей еситилди (К.Султанов). Бирақ, күн шығыў менен-ақ ғоқақлаған қырғаўыллардың сеслери ғаррыны жолдан адастырды (Т.Қайыпбергенов). Қарап турсам тас астында кайнаған, Ыссы суўлы, мөлдир көзли булаққа, Яр жамалы түр көрсетип айнадан, Сыңқылдаған сести келди кулақка (И.Юсупов). Мен, деп сес берген узын бойлы, арық-турақ, сары сынлы киси орнынан қозғалып қойды (К.Кәримов). Сынап көриў ушын сыбырланбақшы болып едим, сестим шықпады (М.Нызанов).