⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕРПИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Ылақғырыў, таслаў. Қапалық бултын үстинен серпип таслаў ушын Жәмийла шағылмаған жаслық ғайрат көрсетти (К.Султанов). Көрпесин үстинен серпип, көзлерин уўқалап бир керилди ҳәм тез орнынан турды (Т.Қайыпбергенов). 2. Шашыў, бүркиў. Жаптағы қалған суўды қолы менен серпип ағызып тур!... (К.Султанов). Кесесиндеги суўып кеткен чайын Амандықтың бетине серпип жиберди (Т.Қайыпбергенов).