СЕРМЕЎ
Қарақалпақша
ф. Силтеў, бир нәрсени ҳәрекет етиў.
Шаққанлық етип Сәйеке айқасып, қолын сермеди (А.Дабылов).
Дәпинип келгенине аяғын тепсинип, қапталдағысына қолын сермеп қара жерде сырғанақ тепкен кисидей теңселеди (К.Султанов).
Бүктен ушқан қырғаўылдай дүрлейди, Кең жайлаўда керип туяқ сермейди, Ал, қызғаншақ айғыр үйир басында, Жылқыманды жат көз бенен серлейди (И.Юсупов).
Бул ғаўғалы қылыш сермеўлерде, найза урыўларда аман жүрсе жақсы, егер бир бәле болып қалған болса, жаў емес, қудай жағасынан алып, етегинен Мурат шайықтың асылғаны (Т.Қайыпбергенов).
Баска еркеклер қусан қолды бир сермейтуғын қаталдық жоқ еди сенде (М.Нызанов).