⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕРЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Байқаў, сезиў, билиў, ақлаў. Тислеп алып қосынқаның бир ушын, Қыялықты исте турып серлейди (Т.Сейтжанов). — Гүзден бери серлеп жүрген бир көлим бар еди, — деди Жумабай (К.Султанов). «Келте зибан» гүрмеўиңе келмеди, «Уллы зибан» бахыт таппай шөлледи, «Жортыўлыда» елдиң жоғын жоқлаған, Батырлардың ат туяғын серледим (И.Юсупов). Избасар баҳадырдың жазықсыз жорта қашып баратырған адамға найза урғанын узақтан серлеп турған керейдиң атлылары қызып кетти (Т.Қайыпбергенов).