СЕРГЕК
Қарақалпақша
кел. 1. Сезгиш, сақ, зийрек, тез ҳәм дәрҳал сезетуғын.
Шананың арқаны қыйған еки ийини дуз сепкен жарадай сызлап ашыса да, көкиреги сергек, кеўли көтериңки (К.Султанов).
Сергек нәпес алған қанша өмирлер, Сөйтип, пидә болды гүл дийдарыңа, Сен деп албырасып ғошшақ бүлбиллер, Татлы үн излейди намаларына (И.Юсупов).
2. Ояў.
Ерте турып, ертең сейил етемиз, Сергек болып орныңызда жатыңлар («Қырқ қыз»).
Ол қанша мәс болса да үйде бийгана еркек жатқаны ушьиң сергек уйқылаған екен (М.Нызанов).