СЕПАРАТОР
Қарақалпақша
ат. Газден суйык ямаса қатты бөлеклерди, суйықлықтан қатты бөлеклерди ажыратыў, араласпаларды қурамлы бөлеклерге айырыўға арналған аппаратлардың улыўма аты, мәселен: сүттиң қаймағың ажыратып алыўға арналған машина.
Саўылған сүтти түни менең сеператордан өткерип, үйине келсе, еле Сабыров келмеген соң уйқылап қалады (К.Султанов).