⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕЛДИР

Қарақалпақша

кел. Сийрек, алағат. Менмен болма Пиримбайдай, Кудайым етпесин ондай, Селдир болып сеңсең тондай, Сылбырап ҳәм жүрме, балам (Бердақ). Ким екен ол, жол баслаўшы бул киси, Неге ойнар бет-аўзында күлкиси? Орта бойлы, селдир сақал, қызыл жүз, Биреўлерге... усап тур ғой түр-түси (И.Юсупов). Ажары қара пәрәң, селдир сақаллы, муртын суўпынамай етип, еки уртына қойған, келбетли адам (К.Султанов). — Ҳәзир сонысы дурыс, — деп Аманлық өсик селдир муртларын сыйпап, селк-селк күлди (Т.Қайыпбергенов). «Сенин әкең тап ана Амангүлдиң кисисине усаған, ат жаклы, селдир сақаллы, сымбатлы киси еди» деп тәрийиплеп берер еди апам (М.Нызанов).