⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕКРЕТАРЬ

Қарақалпақша

ат. 1. Мәкеме хәм кәрханаларда лаўазымлы адамлардың, жазыўшылардың жанында жазыў-сызыў жумыслары хәм жазыўларды алып барыўшы хызметкер. Телеграмманы алып коньки менен қустай ушып баратырған секретарь қыздың ғайратына хәмме ықласланып қарады (К.Султанов). Бул кеңсениң секретары аўзы-басын бояған бир кербаз екен (Т.Қайыпбергенов). 2. Арнаўлы кенес, жыйналыслардың баянлама ҳәм басқа жазыў-сызыўларын алып барыўшы хызметкер. Журт күлисер еске алып хәр ўақта: «Дүньяның исине қаласаң қайыл, Шайырлар — секретарь, секретарь — шайыр...» (И.Юсупов).