⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕКИЛЛИ

Қарақалпақша

тир. Сыяқлы, усаған. Шыдамайман бул секилли ойынға, Жип саларман сениң еки қолыңа («Қырқ қыз»). Тап суў кешип самбырлатпаў ушын аяқларын еп пепен басып киятырған секилли Аллаярға күлип жибере жазлап, өзин иркти хәм оның бир нәрсе деп қоймаўының алдын алып «сөйлеме» деген белги ушын еки бармағы менен еринлерин қысты (Т.Қайыпбергенов).