СЕЙДИН
Қарақалпақша
кел. Сайланды, артықмаш, жақсы.
Қазанның не сүлейли сейдини усы отаўлардан шықты (Қ.Султанов).
Кәраматлы Хийўа ханы Жаңадәрья қарақалпақларын пүткил қарақалпақтың сейдини деп, оның гүналы нөкерлерин шапқаныңызды кеширип отыр (Т.Қайыпбергенов).
Мен билсем, тойдың сейдини жайлаўдағы шопанларда бола ма деймен (М.Нызанов).