СЕЗДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. Билдириў, хабарлаў.
Қойды әне инженерге сездирип, Көптен берли баслап жүрген «қылмысын» (Т.Сейтжанов).
— Бул киси аўылымыздың абырайлы ақсақалы Өтеп молла деген, — Теңел суўпы қудалардан кеширим сорап, өзиниң дилўарлығын сездиргиси келди (К.Султанов).
ф. Сезиў ағзалары арқалы билдириў, тәжирийбе арқалы андатыў.
Бирақ, онысын кемпирге сездирмеўге тырысып, ан-таңы шықты (Т.Қайыпбергенов).