⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕБЕТ

Қарақалпақша

ат. (п. — тоқыма қалта). Тал шыбықтан, туттан, бийдай сабаны, сым, пластмасса, жыңғылдан ҳәм тағы басқалардан тоқылған табаққа усаған ыдыс. Боранбай улы Жөметсең, Қый көтерген себетсең, Елди де қудай урған екен, Сен де бийликтен дәметсең... (Бердақ). Мен оған себет, кәлбир бурып услап аламан (Ж.Аймурзаев). Айтқаным дурыс шыққан ўақытта бир-биринди айыпламаңлар, тозған себеттей бузылмаңлар (Т.Қайыпбергенов). Қолындағы себетти дүкәнның еденине қойды (К.Кәримов). Баска мәкемелер нураныйларын сыйлап, себет пенен саўға жибереди (М.Нызанов).