⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕБЕПШИ

Қарақалпақша

ат. Қандай да бир жумыс, ўақыя, қубылыстың жүзеге келиўине, иске асыўына себеп болған адам, нәрсе, фактор. Онын әрманларын иске асырыўға әкеси себепши болып, жас Кузьманы орыс саўдагерлерине дилмашлыққа берди (Т.Қайыпбергенов). Үйде апамның маған суўысып кеткени, Алпамысты барып көре алмағаным, шаппаттайдан «қайнаға» болып, тез басылып қалыўға мәжбүр болғаным себепши болды ма, қулласы, елден шығып баратырғанда қыялыма келмеғен бул саўаллар енди күн сайын мениң жаныма егеў салар еди (М.Нызанов).