⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕБЕПКЕР

Қарақалпақша

ат. (а. +п. — себеп болыўшы, айыпкер). Себеп болыўшы, тәсир етиўши. Буған ким себепкер? Әлбетте урыс, әлбетте немис ширкинлер (Ө.Хожаниязов). Бир себепкер жалғыз Алла, Фердаўсыйдай дана бар ма? Түсиндирер, «Шәрқи молла», Мен алымлық излер едим (Бердақ). Биймезгил өлимине хан себепкер болған Төремурат суўпы, Айдос бий, Бегис, Мыржық батыр, Ырза, Төре — хәмме көз алдынан бирим-бирим зарланып өтти (К.Султанов). Бул кишипейил жигиттиң кешигиўине, арқа жуўысып, мен себепкер болдым-аў, деп асығып, жолға қарай жуўырдым (Т.Қайыпбергенов).