СЕБЕП
Қарақалпақша
ат. (а.
— бәҳәне, сылтаў, дәлил).
1. Қандай да бир (кеўилли ямаса кеўилсиз) ис-ҳәрекет, ўақыя, қубылыстың жүзеге келиўинде, иске асыўына тәсир еткен басқа бир фактор, қубылыс.
Себеп болып барсан қырға, Мингизеди жайдақ жорға (Әтеш).
«Бәрин серлеп жүр екен-аў!» — деп, жигит енди жаңадан бәне-себеп изледи (К.Султанов).
Маман күтә сабырлылық пенен сөйлеп, келген себебин түсиндирип еди, «ўа, яша» деп жиберди Аллаяр (Т.Қайыпбергенов).
Буған да Несийбелиниң усы үйге әкелиниўи себеп болды (Ш.Сейтов).
2. Философиялық термин.
Әлемниң ҳәрекети ямаса қандай да бир ўақыт даўамында болған өзгеристен соң екинши басқа бир нәтийженин зәрүрли келип шығыўын тәмийинлеўши тийкарғы қубылыс.