⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҚЫТЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Бир ўақыядан өзин айырып алыў, өзин шетке алыў, қутылыў. — Тап оған мениң де көзим жетпейди, келин, — деп Ниязов басын сақытлағысы келди (К.Султанов). Маман бий ашыў менен Хийўа нөкерлерине басқы таптырып, зып берғенде, қара басын сақытлаўды мақсет етпеди (Т.Қайыпбергенов).