⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҚШЫ

Қарақалпақша

ат. Қараўыл, гүзетши, гүзетиўши. Жыйналыпты ким жаман, ким жақсы, Жасаўыллар болып сақшы, Сынапты сонда бизлерди (Күнхожа). Дар ағаштың алдында еки сақшы — нөкер тур (К.Султанов). Әй, дозақ сақшысы, бол мынаған сақ! Бул аўзыннан кирип, артыңнан шығар, Сөйтип дозақты да етеди карап ... (И.Юсупов). Қала турғынларынан дәрўазаға сақшылар белгиленер еди (К.Көримов).