САҚПАН
Қарақалпақша
ат. Шыжым жиптиң ортасына кесек салатуғын орын ислеп, кесек салып таўлап ылақгырыўға арналған, егинге түскен қусларды үркитиўге арналған, егинлерди қорыйтуғын қурал, палақпан.
Жүўери қорысам азанда барып, Шымшыклар қашады урсам палақпан, Сақпанды атсам қолға алып, Биринши жарағым жекен палақпан (Бердақ).
Намруд фирғаўиннын гүлханы жанып, Аспаны-фалекти жалындатқанда, Пайғамбарды үлкен сақпанға салып, Гүрлеп жанған от ишине атқанда (И.Юсупов).