САҒЫН
Қарақалпақша
ат. Сағылатуғын, сүт беретуғын мал.
Ағарғанды көл қылады сағыны, Атызында писер ғарбыз-қаўыны (Т.Сейтжанов).
Бәри жабылып жүзден аслам сағын сыйыр сағады (К.Султанов).
Нуржанның келип қосылыўына байланыслы қайтадан болған жумыс бөлиспеде Жумабайға бузаўларды бағыў тапсырылды да, анасы сағыншылардың бири болды (Т.Қайынбергенов).