САЯ
Қарақалпақша
ат. (п.
— көлеңке).
Күн, жақты түспейтуғын тәреп, көлеңке.
Неге тыныш жатпадым мен, қара талдың саясында (И.Юсупов).
Бир путаның саясында үшеўи отыра кетти (К.Султанов).
Жигипиң қолы енди пышақ сабын услаган пайытта дүкән есигинде бәхайбат сая пайда болды да, изинен гүркиреген жуўан даўыс еситилди (К.Кәримов).
Ҳәмме қолларын маңдайына сая қылып, күнниң асты менен «Көкөзек»ти жағалап киятырған еки жолаўшыға нәзер бурды (Т.Қайыпбергенов).
0 Сая болыў — жәрдем бериў, жақсылық ислеў.
Бизлер сая болыўға арқамыз тар (К.Султанов).
Сиз өзиңиз байтерексиз, Салқын ғана саялы, Биз саяңда пуқараңбыз, Ҳәмирине опалы (И.Юсупов).
Алпамыс уйқыдан турған, теректиң саясындағы әткөншекте жән-жаққа жаўтанлап қарап жатырған екен (М.Нызанов).
Саясын аўлақ салыў — жақынламаў, зыянын тийгизбеў, кетиў, жәрдем бермеў.
- Дүнья, ғәзийне байда бар, Оннан бизге не пайда бар? Саяңды меннен аўлақ сал, Бети қара болған атам (Бердақ).
Сая салыў — жәрдем етиў, жақсылық ислеў.
Бул басыма сая салғай бир Аллам, исимде болмағай хеш ўақыт шалам («Қырқ қыз»).
Саясын салған пақырға, Суўлар жеткизген тақырға, Ақсақ, майып хәм соқырға, Қайыр еткен маған керек (Бердақ).
— Уллы хан сая салса, биз қылт етпей бас ийемиз, мийманларым (Т.Қайыпбергенов).