САТИН
Қарақалпақша
ат. Жипек тәризли жылтырақ, пахта жибинен тоқылған гезлеме, материал, товардың жайдары бир түри.
Қолында қара сатин менен тысланған чемоданы бар (Ө.Айжанов).
Биз кеңсеге келип киргенимизде көзимиз ең дәслеп үсти қызыл сатин менен жабылған жазыў столына түсти (Ж.Сейтназаров).