САРҒЫШ
Қарақалпақша
кел. Сарғылт, сарыға мейил берген.
Мынаў сарғыш кум кушағын, кәклетиўге сен ғайрат сал (И.Юсупов).
Жүзлериң неғе сарғыш тартты, ким тийди балам зейниңе («Алпамыс»).
Маманның жаўырнында ханның түйе шуўдасындай сарғыш жүнли аўыр қолы жатса да, ала көзлери алдағы күймеде еди (Т.Қайыпбергенов).
Диванда қаслары өсип кеткен, сарғыш муртлы, бирақ сақалы жоқ, шашлары мыс реңли, ири денели бир киси отырар еди (М.Нызанов).