⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САРҒАЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Сары түске ениў, түси өзгериў. — Әжеп, ата! — бала орнынан турып қамыс қәлемше менен ағаштан ойылған дәўетин ҳәм сарғайып гөнерген бир жапырақ қағазын алып, сақка жүгинип отырды (К.Султанов). Қайдан билсин, күнде сарғайған қаўынларын ийт жей берген соң қолына шанышқы алып андыған ғой! (Т.Қайыпбергенов). Жапырақлар сарғайып, қарақалпақ далаларына гүз келди (К.Кәримов). 2. Азыў, болдырыў, жүдеў. Жас келинниң бес-алты ай хат кешиккенине балықгай туўлап, запырандай сарғайып жүргенин сезип, белине мәдет болар ма деп айтқан сөзи еди (К.Султанов). Сары гүл деғениң запыран түсли, Ҳеш кимге бермейин, өзимде қалсын, Қулпырып сарғайған қумлардың үсти, Дос күлип, душпаның сарғайып талсын (И.Юсупов). 3. аўыс. Күтүўге шыдаў, сабыр етиў. Сабыр түби сары алтын, сарғайған жетер муратка (ққ.х.н.). Мен қызымды «пәлен жылы» урыс питеди деп «қабасан»ның есигинде сарғайтып отырмайман (К.Султанов). Көк аспанға қарап кеўлим сүйинди, Жаздың липасы дер жасыл кийимди, Сағынып, сарғайыў хош етер кимди? Запыран жамалы гүзге жарасар (И.Юсупов). — Бизиң жолымыз асыўлары көп жол, набада, түзден кешиксек, булар сарғайып отыра бермесин, — деди орыс саўдагери (Т.Қайыпбергенов).