⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САПЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Бир қуралды услағышқа орналастырыў, сапқа бекитиў, дәстелеў. Қай жерлерге жайласпаға барасаң, Ақ найзаңды көрағайға саплайсаң («Қырқ қыз»). Жыраў сени бәйғи атындай баплаған, Шешен даўда шыңлап сени таплаған, Алпамыслар уран етип урыста, Бердақ сени курал етип саплаған (И.Юсупов).
ф. Тамамлаў, жоғалтыў, питкериў. Алды-артын тақпадым, Душпанды қуртып сапладым («Мәспатша»).