САПА
Қарақалпақша
ат. (а.
— тазалық, тынықлық, саплық, қәтержамлық).
Айрықша қәсийет, айрықшалық, өзгешелик.
Аўыл хожалығы хызметкерлери ушын еситтириўдиң сапасы жақсыланды (Г.Есемуратов).
Буны ол курыдыстың сапасы жақсы болыўын қайғырып ислемейди, мени азаплаўдың жолы (М.Нызанов).
0 Сапа сүриў — ўактыхошлық етиў, кеўил көтериў.
Кел, сапа сүрели әй нәзәлимлер, Бул дүньяда ойнап күлғен жақсыды (Әжинияз).
Сапа келиў — хош келиў, жақсы кейпиятта келиў.
Шәйда бүлбил қонып таза гүллерге, Ығбал мийўаларын молдан терипсең, Кеўлиң ылғал етип, бизиң еллерге, Хош келдиң түркменим, сапа келипсең! (И.Юсупов).