⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САП I

Қарақалпақша

ат. Бир қурал, әсбаптың қол менен услаўға арналған бөлеги, дәсте, услағыш. Кимде белсап, кимде балта сап, кимде шоқмар, кимде қақ жыңғылдан сындырылған таяқ... (Т.Қайыпбергенов). Екинши қуўғыншы оны шанышпады, аттан түсе сала жылан урғандай қылып, қолындағы найза сабы менен кериле бир урды (Т.Қайыпбергенов). Айымжамал үлкен жалпақ кетпеннин сабына сүйенип тур еди (Ө.Хожаниязов). Жоғалған пышақтың сабы алтын (ққ.х.н.).