⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САНСЫЗ

Қарақалпақша

кел. Есапсыз, муғдары белгисиз, көп. Гүмбирлеген ақ отаўды тиктирип, Еншилер берейин сансыз малымнан («Қырқ қыз»). Мен шегемен сансыз мийнет, Кеўлимнин хошы келип кет (Әжинияз). Ол қәйтсе де сансыз өткелден өтип, асқар шыңларды асып сол таўдың төбесине жетпегенше сынақтан өте алмасын билди (К.Султанов). Залым қысым етер халқыма сансыз, Жүзинде нуры жоқ гилең иймансыз, Мөҳмин куллар отыр телмирип нансыз, Жоқшылық жәбири өтти заманда (Бердақ).