САНДАЛ
Қарақалпақша
ат. (гр.
— аяқ кийимниң бир түри).
Жазда кийетуғын, үстинде майда тесиклери бар жеңил аяқ кийим, туфли.
Заман қытшылық болыўына қарамастан мектеп оқыўшыларына ата-аналары май байрамына арнап ақ көйлек пенен қара шалбар, ултанына қатты шерим қойып тиғилген, сандал деп аталатуғын аяқ кийим алып беретуғын дәстүрге айланған, ал күн ысып кеткенине қарамастан, Якуббай еле өткен гүзде Турсын апасы әкелип берген кирза етигин аяғынан тасламады (К.Кәримов).