САНАҚЛЫ
Қарақалпақша
кел. Есаплы, белгили, мөлшерли, есапланған.
Аўылда бар адам санаўлы, басқасы хаял, бала-шағалар (Ө.Хожаниязов).
Хабаршы инисиниң күнлериниң санаўлы қалған болыўы итималлығын айтқандай бир сескенип түсти (К.Кәримов).
Санаўлы секундлардан кейин мен уйқылап кетиппен (М.Нызанов).
0 Санаўлы дем — өмирдиң қысқалығы.
Қай жерде ким алмаған есабын буның, Лекин дем санаўлы, өлшеўли десер, Пышық қуўып таўысар найшаның жибин, Қайтып келмес жолға кәрўанын көшер (И.Юсупов).