САНААТ
Қарақалпақша
ат. (а.
— шеберлик, кәсип-өнер, өндирис, индустрия).
Халық хожалығының шийки затты қайта ислеў, жер асты байлықларын қазып алыў, өндирис қуралларын ҳәм кең тутыныў буйымларын ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын бөлимлер, соған байланыслы кәрхана, завод-фабрикалар тармағы, индустрия.
Бектурсынның әкеси Мойнаққа көшип келгенде бул санаат орны онша үлкен емес еди (А.Бегимов).
Балық санааты министрлиги жиберген радиограмманы көрсетип қуўантты (К.Султанов).