САН I
Қарақалпақша
ат. Аяқтың дизеден жоқары бөлими.
Мен сояйын моллеке ыразылың бер, Көп болғанда моллеке бир санын жер (Әжинияз).
Бийдиң бул мийзамын Мәдемин түсинип, «айтпа» деп, қасында отырған инисиниң санын бурап алды (К.Султанов).
Жолдасларының бирине ым қақты, ол аттың жарты сан гөшиниң қанын ағызыўы менен әкелип Маманның бөклериўлигине байлады (Т.Қайыпбергенов).