САМБЫРЕТИЎ
Қарақалпақша
(ШАМБЫРЕТИЎ) ф. Предметтин суйықлыққа бирден түскен ўақыттағы суўдың ҳәрекетленген сести.
Саўытлы куўғыншы оны шанышқыға илинген балықтай қылып дәрьяның ийримли қайтпасына силкип жиберди, ғарры сейис самбыр етти, болғаны, ҳә демей-ақ қайнаўытлаған суў үстине бурқ етип қан көтерилди, сәлле асқабақтай сары шөгирме қан аралас суў үстинде қалқып, ығып кетти (Т.Қайыпбергенов).
Көз алдымда күлимсиреп турған бул сүўрет, суў бетинде пайда болып, соң шамбыр етип түскен бир кишкене кесектен толқын-толқын болып жоқ болып кеткендей, қөзимнен ғайып болды (М.Нызанов).