САЛМАҚ
Қарақалпақша
ат. Ақырлық, басым.
Өзиң бил дегенниң, өгиз қурлы салмағы бар (нақыл.).
Ерназар арысландай қол-аяғын салмақ пенен басып, қурды үш мәртебе айланды да, хан алдына келип, алыс сапардан болдырып келген нардай ыңқылдап, ҳәсиретли демин алды (К.Султанов).
Есим бийдиң сөзи шайықка батты ма, жүдә салмақ пенен көтеретуғын үлкен басын бирден көтерип, бийге олыйды (Т.Қайыпбергенов).