⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЛЛАНЫҚ

Қарақалпақша

ф. Жасанық, безениқ. Сәлийма жүрер салланып, Жанынды алар доланып (Омар). Бағ ишинде қызыл гүлдей доланып, Саллана-саллана келгил сәудигим (Әжинияз). Сөйтип, ийшан түрли тәсил қолланды, Өмекең де суқпы болып салланды, Бир күнлери пир ҳәм мүрийт екиси, Шеттеги бир садақага жолланды (И.Юсупов). Қыз болып салланып өскен жеримиз көзимизге ушығадай басылады (К.Султанов).